Сөйлесиўлер ўақтында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары, соның ишинде, аймақлараралық сөйлесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, станоклар ислеп шығарыў, жеңил санаат, кадрлар ҳәм технологиялар алмасыў бағдарлары көрип шығылды.
Тәреплер Өзбекстан аймақлары ҳәм Башқуртстан арасындағы товар алмасыўдың унамлы динамикасын, атап айтқанда, 2024-жылдың жуўмағы бойынша өз-ара саўда 11,8 процентке өскенин атап өтип, Башқуртстан Республикасына мийўе-овош ҳәм тоқымашылық өнимлерин экспорт етиўди шөлкемлестириў бойынша келисимге еристи.
Буннан тысқары, Өзбекстанда башқурт компанияларын жайластырыў ушын биргеликтеги технопарк шөлкемлестириў режелери додаланды. Башқурт тәрепи мәмлекетимизде саўда үйин ашыўға да үлкен қызығыўшылық билдирди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.