баннер
21 Mar 2025
03:01

    Өзбекстан ҳәм ЕА арасында шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққында жаңа келисимге қол қойылады

    Президент Шавкат Мирзиёев 18-март күни елимизде әмелий сапар менен болып турған Европа Аўқамының Халықаралық бирге ислесиў бойынша комиссары Йозеф Сикела басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы көп қырлы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

    Сөйлесиў алдынан Европа Аўқамының жоқары дәрежели ўәкили мәмлекетимиз басшысына Европа комиссиясы президенти Урсула фон дер Ляйен ҳәм Европа кеңесиниң баслығы Антониу Коштаның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Кейинги жыллары еки тәреплеме бирге ислесиў, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Оны избе-из кеңейтиў ушын үлкен имканият ҳәм потенциал бар екенлиги атап өтилди.

    Өзбекстан ҳәм ЕА арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңа келисимге жақын ўақыт ишинде қол қойылыўы да оған хызмет етеди.

    Транспорт ҳәм логистика, энергетика, санластырыў, аўыл ҳәм суў хожалығы, басқа да тийкарғы бағдарларда қоспа жойбарлар менен бағдарламаларды алға қойыўдан еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

    Оғада әҳмийетли минерал ресурсларды қайта ислеў тараўында өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

    Ушырасыўда усы жылы апрель айының басында Самарқанд қаласында "Орайлық Азия - ЕА" биринши саммити ҳәм Ықлым форумын шөлкемлестириў және өткериў мәселелери көрип шығылды.

    Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech