Өзбекстан менен Иран арасындағы көп қырлы қатнасықларды буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Ҳүкиметлер, министрликлер ҳәм уйымлар дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм жүк тасыў көрсеткишлери, қоспа кәрханалардың саны артып бармақта.
Усы жылдың май айында Тегеран қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси, бизнес форум ҳәм санаат көргизбеси өткерилди. Бирге ислесиў бойынша 2025-2027-жылларға мөлшерленген "жол картасы" қабыл етилди.
Саўда, инвестиция, транспорт ҳәм логистика, санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында кооперация жойбарларын алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Иран жетекшилери регионаллық күн тәртиби ҳәм болажақ илажлар режеси бойынша пикир алысты.









