Өзбекстан ҳәм Франция раўажланыў агентлиги экономикалық бирге ислесиўди беккемлейди

    Усы жыл 10-мартта Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Өзбекстан Республикасы ҳәм Франция раўажланыў агентлиги (FTA) арасындағы 6 жыллық мәсләҳәтлесиўлерде қатнасты. Ушырасыўда, сондай-ақ, FTA, Proparco ҳәм Expertise France ўәкиллери, жетекши экспертлер ҳәм исбилерменлер қатнасты.

    Сөйлесиў ўақтында биргеликте ерисилген жетискенликлер ҳәм экономикалық раўажланыўдың жаңа имканиятлары додаланып, реформаларды қоллап-қуўатлаў, инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жасыл экономиканы раўажландырыўға қаратылған еки тәреплеме бирге ислесиў нәтийжелери жуўмақланды. FTA Өзбекстанда халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, экологиялық ҳәм социаллық машқалаларды шешиў ҳәм жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўда әҳмиетли рол атқарыўда даўам етпекте.

    Қәнигелер соңғы жылларда Өзбекстан менен Европа Аўқамы арасындағы саўда ҳәм инвестициялық байланыслар беккемленгенин атап өтти. 2024-жылы Европа Аўқамы менен товар алмасыў көлеми 6,4 миллиард долларды қурап, 5,2 процентке өсти. Мәмлекетимиз Европа Аўқамының 6200 ден аслам түрдеги Өзбекстан өнимин Европа базарына шығарыў имканиятын беретуғын GSP+ бағдарламасы шеңбериндеги өз статусынан нәтийжели пайдаланғаны табыс факторларынан бири болды. Нәтийжеде өзбек товарлары Европа Аўқамы базарына кирип, экспортты диверсификациялаў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардың сырт елдеги қатнасын арттырыўға хызмет етпекте.

    Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда улыўма баҳасы 30 миллиард евродан аслам инвестициялық жойбарларды әмелге асырып атырған мыңнан аслам Европа компаниялары жумыс алып бармақта. Франция тәжирийбеси санаат стратегияларын ислеп шығыў, регионаллық раўажланыў бағдарламаларын ҳәм жеке меншик секторды беккемлеўге қаратылған реформаларды қоллап-қуўатлаў арқалы экономикалық өсиўдиң қосымша драйвери болыўы мүмкин.

    Соның менен бирге, тәреплер аймақлараралық қатнасықларды тереңлестириў, қосымша қаржы ресурсларын тартыў, оғада әҳмийетли шийки зат тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың бир қатар әҳмийетли бағдарларын белгилеп алды.

    Бул тараўларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстанда пайдалы қазылмаларды қазып алыў тараўында Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен биргеликте ислеп шығылған нызам ҳүжжетлери қабыл етилди. Бул халықаралық стандартларға сәйкес келеди ҳәм мәмлекеттиң таў-кән санаатына инвестиция тартыў ушын қосымша шараятлар жаратады.

    Илаж соңында қатнасыўшылар Өзбекстан менен Франция раўажланыў агентлиги арасындағы бирге ислесиў және де тереңлесиўине, сондай-ақ, инвестициялар, инновациялар ҳәм турақлы экономикалық өсиўдиң жетекши орайына айланыўға умтылып атырған Өзбекстанда Европа компаниялары ушын жаңа имканиятлар ашылатуғынына исеним билдирди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.



    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates