Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы дослық байланысларын буннан былай да беккемлеў, стратегиялық шерикликти тереңлестириў ҳәм парламентлераралық сөйлесиўди кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиў жеделлесип атырғаны, инфраструктура, санаат ҳәм инновация бағдарларында биргеликте 800 миллион доллар муғдарында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып атыр.
Сондай-ақ, жоқары билимлендириў шөлкемлери арасында 32 қоспа жойбар әмелге асырылып атырғаны, өткен жылы Испаниядан Өзбекстанға 23,6 мың турист келгенлиги айрықша атап өтилди.
Парламентлераралық сөйлесиў өзбек-испан қатнасықларының әҳмийетли тийкары екени атап өтилди ҳәм әҳмийетли усыныслар алға қойылды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.
Еки мәмлекет парламентлери тийисли комитетлери ҳәм комиссиялары делегацияларының қатнасыўында нызамшылық тараўында турақлы пикир ҳәм тәжирийбе алмасыў әмелиятын енгизиў, парламентлераралық бирге ислесиўдиң қоспа режелерин ислеп шығыў, Жаслар парламентин раўажландырыў бойынша тәжирийбе үйрениў, аўыл хожалығы, суўды үнемлейтуғын технологиялардан пайдаланыўда бирге ислесиў алып барыў солардың қатарына киреди.