Дәслеп, Корея Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси басшылығындағы делегация ўәкиллери "ӨзТМК" АЖда ислеп шығарылатуғын өнимлер менен таныстырылды.
Буннан соң, Корея Республикасының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён ҳәм "Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты" АЖ басқарма баслығы Фарҳад Абдуллаев, жуўапкерлер, тараў ўәкиллериниң қатнасыўында сөйлесиўлер алып барылды.
Онда Корея менен биргеликте перспективалы жойбарларға инвестиция киргизиў, металлургия, нанотехнологиялар ҳәм жаңа материаллар тараўындағы алдынғы тәжирийбелерди үйрениў, технологиялық металларды жеткерип бериў, илимий-изертлеў ҳәм кәншилик жумысы тараўында кадрлар таярлаў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында делегация ўәкиллери Өзбекстан-Корея металлар орайында да болып, ол жердеги бар заманагөй техникалар менен танысты.