Өзбекстан ҳәм Монголия Президентлери бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсухтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

    Монголия Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, абаданлық ҳәм үлкен табыслар, Өзбекстан халқына болса раўажланыў тиледи.

    Сөйлесиўде усы жылдың июнь айында Монголияға әмелге асырылған сапар шеңберинде өткен жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлардың жуўмағында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

    Қабыл етилген "жол картасы"н әмелге асырыў, шарўашылық, саўда, транспорт, санаат кооперациясы, кәншилик тараўларында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў, мәдений-гуманитарлық алмасыў бағдарламасы шеңберинде режелестирилген илажларды өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.