Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери телефон арқалы сөйлести

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-август күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сөйлести.

    Мәмлекетимиз басшысы туўысқан Әзербайжан жетекшиси ҳәм халқын тарийхый ўақыя - күни кеше Вашингтон қаласында Әзербайжан ҳәм Армения арасында тынышлық декларациясына қол қойылғаны менен қызғын қутлықлады.

    Тез арада тынышлық келисимине рәсмий қол қойылыўы Қубла Кавказда тынышлық, турақлылық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болатуғынына исеним билдирилди.

    Сондай-ақ, Өзбекстан Президентиниң усы жыл июль айында Әзербайжанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде еки тәреплеме стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

    Барлық дәрежелерде нәтийжели сөйлесиў ҳәм алмасыўлар даўам етпекте. Усы жылдың басынан товар алмасыў 30 процентке артты. "Жол картасы" тийкарында экономиканың түрли тармақларында перспективалы кооперация жойбарлары қәлиплестирилмекте. Нефт-газ тараўындағы стратегиялық жойбар бойынша қол қойылған Өнимди бөлистириўге байланыслы келисим шеңберинде әмелий жумыслар алып барылмақта.

    Жетекшилер болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыў ҳәм илажлардың режесин де көрип шықты.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates