"Дунё" ХАның хабар бериўинше, онлайн ушырасыўда тәреплер пуқаралар ҳәрекетин әпиўайыластырыў, еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў ҳәм миграция сиясаты тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған бул қәдем үлкен әҳмийетке ие екенин атап өтти.

ID-карталардан пайдаланыў Өзбекстан ҳәм Әзербайжан пуқараларына сырт ел паспортын алмастан шегараны кесип өтиў имканиятын береди, бул болса саяхат етиў қолайлығын арттырады ҳәм мәмлекетлер арасындағы интеграцияны беккемлейди.

Сондай-ақ, бул қарардың қабыл етилиўи Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы саўда-экономикалық, мәдений ҳәм туристлик байланысларды раўажландырыўға унамлы тәсир көрсетиўи күтилмекте.