Мәмлекетимиз басшысын Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев күтип алды.
Бул жерде жетекшилер қоспа тигиўшилик фабрикасының жумысы менен танысты.
Кәрхана Президентлер тәрепинен 2024-жыл ноябрь айында Бакуде болып өткен БМШ Климат саммити шеңбериндеги ушырасыўда иске қосылған еди.
Тигиўшилик фабрикасының майданы 1,2 гектар. Жойбардың улыўма инвестициялық баҳасы 6,2 миллион долларды қурайды. Жәми 800 жумыс орны жаратылады.
Кәрханада жылына 3-5 миллион дана трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў режелестирилген. Таяр өнимлер ишки базарға және экспортқа жеткерип бериледи.












