Мәмлекет басшылары жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты ҳәм Наўрыз байрамы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, дос халықларымызға тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сөйлесиўде Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң екинши мәжилисинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Товар алмасыўдың турақлы өсип баратырғаны, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда қоспа кооперациялық жойбарлар әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Тәреплер, сондай-ақ, Жақын Шығыста жүзеге келип атырған жағдайды додалады, оның және де кескинлесиўи кең регион ушын алдыннан айтып болмайтуғын ақыбетлерге, дүнья экономикасының рецессиясына алып келиўи мүмкин. Кескинликти тез пурсатта тек ғана сиясий-дипломатиялық жоллар менен азайтыў зәрүрлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режеси көрип шығылды.