Жақын Шығыстағы жағдай ҳәм келиспеўшиликлердиң кескинлесиўи регионаллық турақлылық ҳәм тынышлыққа үлкен қәўип туўдырып атырғаны атап өтилди. Мүбәрек Рамазан айында мусылман үммети арасында қарама-қарсылықларды күшейтип атырған, қабыл етилмейтуғын ҳәрекетлерден терең қәўетерлениў билдирилди.

Мәмлекетлик суверенитет, тынышлық ҳәм татыўлыққа қәўип туўдыратуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерди жеделлик пенен тоқтатыў регион еллериниң улыўма мәплерине муўапық екени атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси, сондай-ақ, Қатардағы пуқараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм оларды Ўатанға қайтарыў бағдарында көрилип атырған илажлар ҳәм жаратылып атырған шараятлар ушын Уллы мәртебели Әмирге терең миннетдаршылық билдирди.

Қатар Әмири, өз гезегинде, Өзбекстан Президентине усы қыйын дәўирде дослық руўхында сөйлескени, турақлы қоллап-қуўатлағаны, шын жүректен тилеклеслик билдиргени, еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыўға қаратылып атырған үлкен итибар ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.