Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери көркем өнер көргизбеси менен танысты

    Ҳүкимет 29 наурыз 2025 2475

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Алмата қаласына сапарының мәдений бағдарламасы шеңберинде Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен биргеликте Абылхан Кастеев атындағы Миллий көркем өнер музейине барды.

    Халық художниклери - қазақ сүўретлеў өнериниң тийкарын салыўшысы Абилхан Кастеев ҳәм өзбек реңли сүўрет устасы Орал Тансықбаевтың шығармаларын тамашалады.

    Көргизбе Өзбекстан ҳәм Қазақстанның бай көркем мийрасының айқын көриниси, еки туўысқан халық арасындағы беккем мәдений байланыслардың тымсалы болды.

    Мәмлекет басшылары көркем өнер тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, қоспа илажлар өткериў, мәдений пикирлесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғын басламаларды қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates