баннер
2 Apr 2025
22:21

    Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери "Медеу" таў-лыжасы кластерин барып көрди

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев "Медеу" таў-лыжасы кластерине барды.

    Мәмлекетимиз басшысына сел-суў тасқынларынан қорғаў мақсетинде теңиз қәддинен 1750 метр бийикликте қурылған "Медеу" плотинасының жаратылыў тарийхы ҳәм архитектуралық өзгешеликлери ҳаққында айтып берилди.

    "Медеу" бөгетиниң төбесине 842 текшеден ибарат "Саламатлық текшеси" алып барады. 2011-жылы бөгет жанында "Шымбулоқ" таў-лыжасы орнына алып барыўшы 4,5 километр узынлықтағы аспа жол қурылған.

    "Медеу" спорт комплекси 1972-жылы қурылған болып, теңиз қәддинен 1700 метр бийикликте жайласқан.

    Комплекс муз майданының майданы 10,5 мың квадрат метр болып, бир ўақыттың өзинде 3 мыңға шекем адамды қабыл ете алады. Ҳәр жылы оған 400 мыңнан аслам мийман келеди.

    Бүгинги күнде комплекс спорт, туризм ҳәм мәденият кластери сыпатында жумыс алып бармақта. Спорт жарыслары, ғалабалық конкиде ушыў, мәдений илажлар, фестиваллар турақлы өткерилип келинбекте.

    2011-жылы бул жерде VII қысқы Азия ойынлары, 2017-жылы Пүткил жер жүзилик Универсиада жарыслары өткерилген.

    Танысыў ўақтында Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери жас фигурашылардың көргизбели шығыўларын тамашалады.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech