Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин 3-май күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.
Россия Президентиниң өткен жылы май айындағы Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў нәтийжелери көрип шығылды.
Өз-ара товар алмасыў пәтин сақлап қалыў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперация жойбарларын жеделлестириў, аймақлар ҳәм бизнес дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириўге қаратылған муўапықластырылған илажларды қабыл етиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Усы мәниде, Ташкент қаласында бесинши "Иннопром. Орайлық Азия" халықаралық санаат көргизбеси шеңберинде болып өткен исбилерменлик илажларының пайдалы нәтийжелери жоқары баҳаланды.
Гуманитарлық бирге ислесиў, бәринен бурын, мәденият, көркем өнер, илим ҳәм билимлендириў, спорт ҳәм туризм тараўларында кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысып, болажақ ушырасыўлардың режесин додалады.