Өзбекстан ҳәм Россия миграция тараўында бирге ислесиўди күшейтеди

    Бас прокурордың орынбасары Ш.Аминов басшылығындағы министрликлер ҳәм мәкемелер делегациясы 28-29-апрель күнлери Москва қаласында болып өткен мийнет миграциясы ҳәм мигрантлардың ҳуқықларын қорғаў мәселелери бойынша Өзбекстан-Россия мәкемелераралық жумысшы топарының биринши мәжилисинде қатнасты.

    Атап өтилиўинше, тәреплер миграция тараўындағы әмелдеги жағдай, машқалалы тәреплер ҳәм оларды шешиў жолларын додалады. Мәжилис қатнасыўшылары еки мәмлекеттиң мәплерин есапқа алған ҳалда миграция тараўында нызамлылықты тәмийинлеўге қаратылған биргеликтеги илажларды ислеп шығыўға келисип алды.

    Еки мәмлекет Бас прокуратуралары Өзбекстан пуқараларының Россияға мийнет етиў мақсетинде келиўи ҳәм Россия пуқараларының Өзбекстанға келиўи процесинде олардың ҳуқықларына әмел етилиўи үстинен қадағалаўды ҳәм бақлаўды күшейтиў миннетлемесин алды.

    Илаж жуўмағында делегациялардың басшылары мийнет миграциясы ҳәм мигрантлардың ҳуқықларын қорғаў мәселелери бойынша Өзбекстан-Россия мәкемелераралық жумысшы топарының биринши мәжилисинде қабыл етилген қарарлар сәўлеленген протоколға қол қойды.

    Қол қойылған протокол орынланыўы Өзбекстан ҳәм Россия Бас прокуратуралары тәрепинен айрықша қадағалаўға алынады.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates