Олардың қатнасыўында еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти. Булар:

- дипломатиялық паспорт ийелерин виза талапларынан азат етиў ҳаққында;

- билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққында;

- транспорт ҳәм логистика тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

- "ақыллы" қалаларды басқарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

- стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

- суў ресурсларын басқарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында;

- туризм тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер.