Илажда еки мәмлекеттиң 100 ден аслам жетекши санаат ҳәм саўда кәрханаларының басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Словения делегациясы “КRКА”, “Duol”, “Emo Frite”, “Panvita”, “Medex”, “Tajfun Planina”, “Altado”, “UVC Solutions”, “Riko” ҳәм басқа да көплеген компаниялардан ибарат болды.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бүгинги жоқары дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлер Өзбекстан-Словения қатнасықларында, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўларда жаңа бет ашқанын атап өтти.

Жәҳән экономикасындағы ҳәзирги қурамалы дәўирде өз-ара саўданы көбейтиў, кооперация көлемин кеңейтиў ҳәм миллий экономикаларды диверсификациялаў ушын бар имканиятлардан пайдаланыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өз-ара товар жеткерип бериў номенклатурасы ҳәм көлемин, соның ишинде, тоқымашылық ҳәм мийўе-овощ өнимлери, минерал төгинлер, мыс, фармацевтика өнимлери, технологиялық үскенелер ҳәм жоқары қосымша қунлы басқа да товарлар есабынан көбейтиў арқалы жақын жылларда өз-ара саўда көлемин 500 миллион евроға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Еки мәмлекет экономикасы бир-бирин толықтырыўы мүмкин болған тармақларда санаат кооперациясын раўажландырыў бағдарламасын қабыл етиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Президенти экономикалық шерикликти буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтти. Фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды локализациялаў, электротехника үскенелерин, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, мийўе-овощларды сақлаў ҳәм қайта ислеў, "жасыл" энергетика объектлерин қурыў ҳәм модернизациялаў солардың қатарына киреди.

Транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты, соның ишинде, Словенияның "Копер" портының имканиятларынан пайдаланыў ҳәм еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў арқалы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстанда Словения пуқаралары ушын енгизилген визасыз тәртип исбилерменлик, гуманитарлық ҳәм туристлик алмасыўларды раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси ушырасыў қатнасыўшыларының итибарын мәмлекетимизде Европа компаниялары ушын шөлкемлестирилип атырған арнаўлы санаат паркине қаратты. Ол Словения компанияларын усы арнаўлы зонаның биринши резидентлери болыўға мирәт етти.

Мәмлекетимиз басшысы Словения исбилермен топарлары Өзбекстан менен өз-ара пайдалы шерикликти раўажландырыўға қызығыўшылық билдирип, анық усыныс ҳәм режелерин алға қойғанын жоқары баҳалады.

Президентлер қатнасыўында еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық келисимлерди алмасыў мәресими болып өтти.