Атап өтилиўинше, бүгин, 24-июль күни Энергетика министрлиги, Әзербайжан Республикасының Мәмлекетлик нефть компаниясы (SOCAR) ҳәм "Өзбекнефтгаз" АЖ арасында Үстирт нефть-газ регионындағы инвестициялық блокларда геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм кейин ала углеводородларды қазып алыўды нәзерде тутатуғын өнимди бөлистириў ҳаққындағы Келисимге қол қойылды.

Хабарда мәлим етилиўинше, Келисим шәртлерине муўапық, 1000 квадрат километрден кем болмаған майданда 3D сейсморазведка жумысларын алып барыў ҳәм нәтийжелерге бола бир қудықта геологиялық-излеў жумысларын баслаў режелестирилген. Санаат әҳмийетине ийе углеводород кәнлери табылған жағдайда, тәреплер оларды өзлестириў ҳәм кейин ала қазып алыў басқышына кириседи.

Энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудовтың сөзлерине бола, Үстирт аймағы жоқары перспективаға ийе ҳәм өнимди бөлистириў ҳаққындағы келисимге (ӨБШ) қол қойылыўы оның нәтийжели раўажланыўы ушын жаңа имканиятлар ашады.