Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлериниң ушырасыўы болып өтти

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев "Көксарай" резиденциясында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыў өткерди.

    Жетекшилер Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.

    Өз-ара саўданы көбейтиў, санаат, энергетика, аграр тармақта ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша муўапықласқан илажларды көриўге айрықша итибар қаратылды.

    Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў ҳәм нәтийжели аймақлараралық байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

    Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates