Жетекшилер Өзбекстан менен Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелерин додалады.
Өз-ара саўданы көбейтиў, санаат, энергетика, аграр тармақта ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша муўапықласқан илажларды көриўге айрықша итибар қаратылды.
Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыў ҳәм нәтийжели аймақлараралық байланысларды даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери бойынша да пикир алысылды.