Мәмлекет басшылары Бухара ўәлаятындағы «Merganteks» пахта-тоқымашылық кластерине қараслы «Nigora» фабрикасында болды.
35 миллион долларлық жойбар шеңберинде шөлкемлестирилген фабрика пахта шийки затын қайта ислеўден баслап, таяр гезлеме ҳәм кийим-кеншек ислеп шығарыўға шекемги толық циклди тәмийинлейди.
«Shoyigul» саўда белгиси астында ислеп шығарылып атырған кийим-кеншеклер ҳәм таяр өнимлер тийкарынан Европа мәмлекетлери, атап айтқанда, Италия, Австрия, Уллы Британия ҳәм Германияға экспорт етилмекте. Бул жерде 840 жумыс орны жаратылған.
Кәрхана халықаралық стандартларға сәйкес Қытай, Германия ҳәм Бельгияның заманагөй жоқары технологиялық үскенелери менен тәмийинленген. Екинши басқышта синтетикалық талшықлар ҳәм олардан таяр өнимлер ислеп шығарыўды жолға қойыў режелестирилген.
Жоқары мәртебели мийманлар кәрхананың шоурумы ҳәм таяр өнимлер презентациясын көзден өткерди.
Тәжикстан делегациясы тәрепинен жыллық экспорт көлеми 10 миллион долларға жеткен кәрхананың өним сапасына жоқары баҳа берилди.
Президентлер еки мәмлекеттиң жетекши кәрханалары арасындағы кооперацияны кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.