Венгрия менен миграция тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды

    Өзбекстан елшиси Ойбек Шахавдинов Венгрияның Сырт еллилер мәселеси бойынша полиция миллий бас бюросы (Миграция хызмети, ИИМ қурамына киреди) бас директоры генерал Шандор Гомбиос пенен сөйлесиў өткерди.

    Тәреплер сыртқы мийнет миграциясы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын Өзбекстан ҳәм Венгрия арасындағы стратегиялық шерикликти додалады.

    Сөйлесиў даўамында, еки мәмлекет арасында миграция тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болған реадмиссия ҳәм экономикалық мобиллик ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Шандор Гомбиос 2025-жыл 1-январьдан баслап Венгрияда жумыс ислеў ҳуқықы тек ғана сондай шәртнамаға қол қойған мәмлекетлердиң пуқараларына берилиўи ҳәм усы шәртнамаға қол қойыў әҳмийетли екенин атап өтти. Келисим мийнет мигрантларының ағымын көбейтиў ушын ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятлар жарататуғыны ҳәм олардың Венгриядағы нызамлы статусын тәмийинлейтуғыны атап өтилди.

    Венгрия тәрепи миграция тараўындағы бирге ислесиў мәселелерин толық додалаў ушын Өзбекстанның тийисли министрликлер ҳәм уйымлар делегациясының 2025-жылдың басында Венгрияға сапарын шөлкемлестириўге таяр екенлигин тастыйықлады, деп хабар береди "Дунё" ХА.

    Ушырасыў Өзбекстан ҳәм Венгрия арасындағы еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў, миграция ҳәм экономикалық мобиллик тараўында системалы бирге ислесиўди жолға қойыўда әҳмийетли қәдем болды. Бул болса, өз гезегинде, өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар жаратады.