баннер
19 Apr 2025
12:26

    Өзбекстан ҳәм Вьетнам визасыз режим енгизиўди режелестирмекте

    Усы жылдың 8-апрель күни өзбек-вьетнам исбилермен топарларының ўәкиллериниң қатнасыўында дөгерек сәўбети болып өтти.

    Илажды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев ҳәм елимизде рәсмий сапар менен болып турған Вьетнам Миллий мәжилисиниң Баслығы Чан Тхан Ман кирис сөзлер менен ашты.

    Дөгерек сәўбетинде шығып сөйлеген Туризм комитети баслығының биринши орынбасары Жамшид Абдусаломов еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтип, туризм еки мәмлекет экономикасында әҳмийетли орын ийелеп, тек ғана экономиканы раўажландырыў емес, ал халықлар арасындағы мәдений алмасыўға да үлес қосатуғынын атап өтти.

    Сондай-ақ, виза режимин әпиўайыластырыў ҳәм Өзбекстан ҳәм Вьетнамда өткерилетуғын халықаралық туристлик көргизбелерде қатнасыў арқалы еки мәмлекеттиң туризм потенциалын биргеликте үгит-нәсиятлаў мәселелери де көрип шығылды.

    Дөгерек сәўбети жуўмағында В2В форматындағы ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Онда Туризм комитети баслығының биринши орынбасары Жамшид Абдусаломов Вьетнам Мәденият, спорт ҳәм туризм министриниң орынбасары Фан Там, сондай-ақ, Вьетнамның «Sovico Group» ҳәм «Vietnam Airlines Corporation» компанияларының басшылары менен сөйлесиўлер алып барды. Тәреплер туризм тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыў жолларын додалады.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech