Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы илим ҳәм технология тараўындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилмекте

    Алмалықтағы НИТУ МИСИС филиалы ҳәм Ухань Илим ҳәм Технология Университети (ҚХР) арасында билимлендириў, илим ҳәм халықаралық алмасыў тараўында жаңа перспективаларды ашып беретуғын стратегиялық бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылды.

    Меморандумға қол қойылыўы билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысларды беккемлеў, оқыўшылар ҳәм муғаллимлердиң қәнигелигин арттырыўға үлес қосыўда әҳмийетли қәдем болды.

    Билимлендириў алмасыўы ҳәм оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў

    Бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири студентлер алмасыўы болып, бул билимлендириў бағдарламаларының көлемин кеңейтеди ҳәм халықаралық байланысларды беккемлейди. НИТУ МИСИС филиалы студентлери Қытай билимлендириў системасы, сондай-ақ, алдынғы илимий-техникалық қолланбалар менен танысып, Ухань университетинде билим алыўы мүмкиншилиги болады. Өз гезегинде, Ухань университети студентлери Өзбекстанда билимлерин кеңейтип, Алмалықта оқыў ушын сийрек ушырасатуғын имканиятқа ийе болады.

    Тап сондай әҳмийетли тәрепи - оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў. Шәртнамаға бола, ҳәр еки тәрептиң оқытыўшылары оқытыўдың жаңа усылларын енгизиў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, оқыў-методикалық қолланбаларды биргеликте ислеп шығыў имканиятларын ашып беретуғын алмасыў бағдарламаларында қатнасыўы мүмкин.

    Биргеликтеги илимий изертлеўлер

    Университетлер арасындағы илимий бирге ислесиў қоспа илимий жойбарларды әмелге асырыў ушын кең имканиятлар жаратпақта. Ухань Илим ҳәм Технология Университети инженерлик, материалтаныў ҳәм жаңа технологиялар тараўындағы жетискенликлери менен белгили, НИТУ МИСИС болса металлургия, наноматериаллар ҳәм жоқары технологиялық изертлеўлер тараўында жетекши сыпатында өзин көрсетти. Еки тәрептиң биргеликтеги ҳәрекетлери санаатта да, академиялық изертлеўлерде де қолланылыўы мүмкин болған инновациялық шешимлерди жаратыўға жәрдем береди.

    Биргеликтеги лабораториялар

    Заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген қоспа лабораториялар шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул лабораториялар тек ғана оқыў мақсетине хызмет етип қоймастан, ал жәҳән стандартлары дәрежесинде илимий изертлеўлер алып барыўдың әҳмийетли орайларына айланады. Олар ҳәр еки мәмлекетте жоқары технологиялы санааттың раўажланыўына үлкен тәсир көрсететуғын инновациялық илимий жойбарларды ислеп шығады.

    Келешек перспективалары

    НИТУ МИСИСтиң Алмалықтағы филиалы ҳәм Ухань Илим ҳәм Технология университети арасындағы бирге ислесиў билимлендириў ҳәм илимий жойбарлар ушын жаңа горизонтларды ашады. Өз-ара билим, алдынғы технологиялар ҳәм тәжирийбе алмасыў тек ғана билимлендириўдиң сапасын арттырыў емес, ал, еки мәмлекеттиң жоқары технологиялы санаатына сезилерли тәсир көрсетиўи мүмкин болған илимий изертлеўлерди раўажландырыўға да хызмет етеди.

    Бул бирге ислесиў билимлендириў ҳәм илим тараўындағы Өзбекстан-Қытай қатнасықларын беккемлеў, мәдениятлар ҳәм технологиялар кесилиспесинде жумыс алып баратуғын илимпазлар, инженерлер ҳәм қәнигелердиң келешек әўладлары ушын жаңа перспективаларды ашыў, глобал машқалаларға шешим жаратыўда әҳмийетли басқыш болады.

    Фарҳодбек Ярқулович Умаровқа Ухань Илим ҳәм Технология университети профессоры ҳүрметли атағы берилди.

    НИТУ МИСИСтиң Алмалық қаласындағы филиалының директоры, техника илимлериниң докторы Фарҳодбек Ярқулович Умаровқа Ухань Илим ҳәм Технология Университети (ҚХР) профессоры ҳүрметли атағы берилди. Бул жоқары тән алыў оның халықаралық илимий-билимлендириў бирге ислесиўин раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси және инженерлик-техникалық пәнлер бағдарында оқыў ҳәм илимий излениўлер алып барыўдағы жумысының нәтийжеси болып есапланады.

    Профессор атағы Фарходбек Ярқуловичке илим, инновациялар ҳәм жоқары маман қәнигелер таярлаў тараўындағы белсенди жумысы ушын берилди. Умаров Ф.Я. НИТУ МИСИС филиалы ҳәм Ухань Илим ҳәм Технология университети арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўде, сондай-ақ, қоспа илимий жойбарлар ҳәм билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестириўде әҳмийетли орын тутады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates