баннер
31 Mar 2025
17:02

    Өзбекстан Халықаралық вольфрам санааты ассоциациясына ағза болды

    Орайлық Азия мәмлекетлери ишинде Өзбекстан бул ассоциацияға ағза болған биринши мәмлекет сыпатында тарийхқа кирди.

    Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты (ӨзТМК) дүнья көлеминде жоқары тән алыныўға ерисип, вольфрам санаатындағы ең абырайлы шөлкем - Халықаралық вольфрам санааты ассоциациясы (ITIA) ның толық ағзасына айланды.

    Өзбекстанның ITIA ағзалығына қабыл етилиўи - бул мәмлекеттиң вольфрам санаатындағы потенциалы халықаралық көлемде тән алынғанының дәлили болып есапланады. ӨзТМК усы шөлкемге ағза болған ҳалда жәҳән вольфрам санаатының турақлы қатнасыўшысына айланды. Халықаралық вольфрам санааты ассоциациясының ағзасы болыў ӨзТМК ушын базар мағлыўматлары ҳәм анализлеринен пайдаланыў, статистикалық мағлыўматлар алыў, жыллық ири сырт ел илажларында қатнасыў имканиятын береди.

    Ассоциацияның тийкарғы мақсети - вольфрамның глобал ислеп шығарылыўы, қайта ислениўи ҳәм тутыныў базарларын таллаў, тараўды санлы ҳәм аналитикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, илимий қатнаслар ҳәм турақлы шешимлерди алға қойыў болып есапланады. ITIA бүгинги күнде Япония, Германия, Австрия сыяқлы технологиялық жетекши мәмлекетлердиң ири компания ҳәм илимий орайларын өз әтирапына бирлестирген.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech