Өтип баратырған жыл халқымыз турмысында үлкен өзгерислер ҳәм жетискенликлер, ертеңги күнге болған исенимимизди арттырыў жылы болды.
Дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан, биз өз алдымызға қойған барлық мақсет ҳәм шеклерге еристик. Жалпы ишки өним көлеми биринши мәрте 145 миллиард доллардан асып, Өзбекстан орташа дәраматлы мәмлекетлер қатарынан орын ийеледи.
Экономикалық өсиў нәтийжеси адамларымыз турмысының жақсыланыўы, шаңарақлардың дәраматлары, мәҳәллелердиң келбети, жасларымыздың ертеңги күнге исениминде айқын көринбекте.
Өтип баратырған жылда ҳәр бир шаңарақта, ҳәр бир үйде нурлы, бахытлы демлер көп болды.
Жаңа үйге көшкен, дәраматын арттырған, бизнесин жолға қойып, оны беккемлеген, перзентлериниң илим, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўларда ерисип атырған жетискенликлери менен мақтанып атырған миллионлаған шаңарақлардың қуўанышы, әлбетте, жаңа жылдағы мақсетлеримизге ерисиў ушын бизге күш-ғайрат бағышлайды.
Қәдирли ўатанласлар!
Биз жаңа жылда да ҳәр бир шаңарақтың бахытлы, абадан ҳәм саламат жасаўы, жаслардың сапалы билим алыўы, келешек кәсиплерин ийелеўи, спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын жаңадан-жаңа имканиятларды иске қоспақтамыз.
Биз 2026-жылды "Мәҳәлле ҳәм пүткил жәмийетти раўажландырыў жылы" деп жәрияладық.
Жаңа жылда мыңлаған мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылап, оларға Жаңа Өзбекстан көринисин беремиз.
Экономиканың барлық тармақлары технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериледи. Халықтың дәраматларын ҳәм сатып алыў қәбилетин арттырыў бойынша буннан былай да жумыс алып барамыз.
Көмекке мүтәж инсанлар, ҳүрметли ветеранларымыз, әзиз апа-қарындасларымыз, жасларымызды қоллап-қуўатлаўды және де кеңейтемиз.
Экологияны жақсылаў, "жасыл" энергетиканы раўажландырыў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша тәсиршең илажларды даўам еттиремиз.
Бир сөз бенен айтқанда, жаңа 2026-жылы да барлық реформаларымыз, ҳәрекетлеримиз халық ҳәм бизнес ушын ең қолайлы жасаў шараятларын жаратыўға қаратылады.
Бул саўаплы жумысқа тәжирийбели мәҳәлле баслықлары ҳәм белсендилери, зыялылар, исбилерменлер, күш-ғайратлы жаслар, кең жәмийетшилик, ҳәр бир ўатанласымыз мүнәсип үлес қосады, деп исенемен!
Қәдирли ўатанласлар!
Жаңа жыл алдынан ҳәр бир шаңарақ жақсылыққа исенеди, ҳәр бир инсанның кеўлинде жақсы үмитлер оятады.
2026-жылда барлық пәк нийетлеримиз, ийгиликли арзыў-нийетлеримиз әмелге ассын!
Жаңа жыл ҳәр бир шаңараққа саў-саламатлық, бахыт-ығбал, елимизге раўажланыў, тынышлық-парахатшылық алып келсин!
Халқымыздың турмысын буннан былай да жақсылаў жолында Жаратқанның өзи Ўатанымызды әзиз тутсын, бизлерди қоллап-қуўатласын!
Жаңа жыл мүбәрек болсын, әзизлерим!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти