Атап өтилиўинше, сөйлесиўлер даўамында Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасында транспорт ҳәм жол хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, Кореяның автомагистралларды басқарыў, ақыллы светофорлар, жасалма интеллект тийкарындағы ҳәрекетти басқарыў системаларын Өзбекстанда енгизиў имканиятлары, сондай-ақ, Корея ҳүкимети тәрепинен Өзбекстанда техникалық жәрдем ҳәм қәнигелер таярлаў бағдарламаларын әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, сөйлесиўлерде Корея тәрепинен Өзбекстанда жол инфраструктурасын санластырыў, соның ишинде, ақыллы толлинг, ITS сенсор системалары, ҳәрекетлениў мониторинги бойынша жойбарларды әмелге асырыў, "Ташкент-Әндижан төлемли автомобиль жолын қурыў" DXSH жойбары шеңберинде автомагистрал жойбарларын раўажландырыўда KEC корпорациясының қатнасыўын тәмийинлеў усыныслары алға қойылды.









