Өзбекстанда 2025-жылы январь айында ҳаўа райы қандай болады?

    27 желтоқсан 2024 1156

    Узгидромет айлық прогнозды жәриялады.

    2025-жылдың январь айының биринши ярымында Өзбекстан аймағы бойынша аномал суўық ямаса аномал жыллы жағдай күтилмейди. Бул ҳаққында Өзгидромет агентлиги хабар бермекте.

    Қәнигелердиң таллаўы ҳәм болжаўларына қәрағанда, кирип киятырған жылдың январь айының биринши ярымында ҳаўа температурасы ай басы ушын болған орташа көп жыллық жағдайларға жақын болып, түни -3...+2 дәреже, күндизи +3...+8 дәреже, арқада түни -3...-8 дәреже суўық, күндизлери 0...+5 дәреже болады.

    Кейин ала айдың ақырына шекем температура түнде +3...+8 дәрежеден −3...−8 дәрежеге шекем, арқада −10...−15 дәрежеге шекем, күндиз +10...+15 дәрежеден −2...+3 дәрежеге шекем өзгериўи күтилмекте.

    Температура түнде −10...−12 дәрежеге шекем, арқада −17...−20 дәрежеге шекем қысқа дәўирге төменлеўи мүмкин.

    Айдың айырым күнлеринде жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы күтилмекте.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates