Өзбекстанда базар хызметлериниң көлеми 136 триллион сумды қураған

    23 наурыз 2025 1251

    Миллий статистика комитетиниң дәслепки мағлыўматларына бола, Өзбекстанда 2025-жылдың январь-февраль айларында көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 136 триллион сумға жеткен.

    Бул көрсеткиш 2024-жылдың сәйкес дәўири менен салыстырғанда дерлик 26,5 триллион сумға ямаса 12,2 процентке артқан.

    Мағлыўмат ушын: 2024-жылдың январь-февраль айларында хызметлер көлеми 109,6 трлн сумды қурап, өсиў пәти 116,7% ти қураған.

    2025-жылдың январь-февраль айларында халықтың жан басына көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 3,7 млн. сумды қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 10% ке артқан.

    2025-жылдың талланып атырған дәўиринде киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен көрсетилген базар хызметлериниң көлеми 74,8 триллион сумды ямаса базар хызметлериниң улыўма көлеминиң 55% ин қурады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates