Өзбекстанда "Экобелсенди пуқара" турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған "Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўмамиллий ҳәрекетиниң жолға қойылыўы режелестирилмекте.
Бул ҳаққында 2025-жыл ушын мәмлекетлик бағдарлама жойбарында нәзерде тутылған.
Жойбарға бола, 2025-жылы халықтың саламатлығын жақсылаў, экологиялық турмыс тәризин қәлиплестириў ҳәм инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын шараятларды жаратыў бағдарында халықтың күнделикли турмысына экологиялық принциплерди сиңдириў мақсет етилген.
Онда оның тийкарғы принциплери етип төмендегилер белгиленеди:
халық арасында күнделикли жүриў ҳәм жуўырыўды үгит-нәсиятлаў;
"жасыл транспортта", соның ишинде, велосипедте ҳәрекетлениўди хошаметлеў;
пластикалық өнимлерден пайдаланыўды азайтыў;
азық-аўқат ысырапгершилигиниң алдын алыў;
суў, газ ҳәм электр энергиясы ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў;
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги ҳәм Санлы технологиялар министрлиги 2025-жыл 1-июньге шекем "Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўмамиллий ҳәрекети шеңберинде төмендегилерди нәзерде тутатуғын платформаны иске түсиреди:
бир сутка даўамында кеминде 10 мың адым жүриўди үгит-нәсиятлаў;
жоқары көрсеткишлерге ерискенлерге "Экобелсенди пуқара" статусын бериў және олар ушын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда 10 процент шегирме ҳәм мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған банклерде тутыныў кредитин алыўда шегирме бериў;
шаңарақтың барлық ержеткен ағзалары "Экобелсенди пуқара" статусын алғанында, бул шаңараққа "жасыл шаңарақ" статусын бериў және оларға ҳәр жылы лотерея арқалы 14 электромобилди бериў;
халқының ярымы "жасыл шаңарақ" статусын алған мәҳәллелерде "Ең таза мәҳәлле" ҳәм "Ең жасыл мәҳәлле" таңлаўларын өткериў ҳәм жеңимпаз болған мәҳәллелер қорына балалар майданшасын қурыў, жасыл бағ жаратыў және шығынды жыйнаў майданшасын қурыў ҳәм шығынды контейнерлерин орнатыўға 500 миллион сум ажыратыў.
Усы бәнттиң сөзсиз, сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеўге жуўапкер етип экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленеди.