Өзбекстанда жетилистирилген ерик ҳәм черешня Россияның Сибир үлкеси базарларын ийелемекте

    17 мамыр 2025 553

    Усы жылдың 8-12-май күнлери Өзбекстанда жетилистирилген жаңа ерик ҳәм черешняның дәслепки өнимлери Россияның Новосибирск ўәлаятына экспорт етилди.

    "NGS.ru" электрон порталының "Россельхознадзор" Сибир аймақлараралық басқармасының мағлыўматына сүйенип мәлим етиўинше, Өзбекстаннан алып келинген мийўе ҳәм резаворлар Новосибирск дүканларына шығарылмастан алдын фитосанитариялық қадағалаўдан табыслы өткен.

    "Барлық мийўе ҳәм резаворлар партиялары мәжбүрий ҳүжжетлерге ийе, олардың қәўипсизлиги фитосанитариялық экспертиза жуўмақлары менен тастыйықланған," - делинеди деректе.

    Ҳәзирги күнде Новосибирск ҳәм Сибирдиң басқа қалаларына Өзбекстанда жетилистирилген 167 тонна ерик ҳәм 5,5 тонна черешня жеткерип берилди.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates