Өзбекстанда ҳәптениң басында күтилип атырған ҳаўа-райы мәлим болды

    9 желтоқсан 2024 1426

    "Өзгидромет" 9-11-декабрь күнлери күтилип атырған ҳаўа-райы мағлыўматын жәриялады.

    Қарақалпақстан Республикасы. Ҳаўа-райы бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Арқадағы самал бағыты өзгерип, арқа-шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Түнде -8...-13, күндизги ўақытлары -2...-7 дәрежеде болады.

    Хорезм ўәлаяты. Ҳаўа-райы бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Арқадағы самал бағытын өзгерттирип, арқа-шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -6...-11, күндиз -2...-7 дәреже болады.

    Бухара ҳәм Наўайы ўәлаяты. Ҳаўа-райы бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты арқа-шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Температура түнде -5...-10, күндиз -3...+2; Наўайы ўәлаятының арқасында түнде -8...-13, күндизги ўақытлары -2...-7 дәреже болады.

    Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ, Самарқанд ўәлаятлары. Ҳаўа-райы бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Арқадағы самал бағытын өзгерттирип, арқа-шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -5...-10, күндиз -3...+2 дәреже болады.

    Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаяты. Ҳаўа-райы бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Арқадағы самал бағытын өзгерттирип, арқа-шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -3...-8, күндиз +2...+7 дәреже болады.

    Әндижан, Наманган ҳәм Фергана ўәлаятлары. Ҳаўа-райы бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Арқа тәрептен ескен самал бағытын өзгерттирип, арқа-шығыстан 5-10 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -5...-10, күндиз -3...+2 дәреже болады.

    Республиканын таўлы аймақлары. Ҳаўа-райы бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин. Арқадан ескен самал бағытын өзгерттирип, арқа-шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде -13...-18, күндиз -5...-10 дәреже болады.