Өзбекстан футбол ассоциациясының мәлим етиўинше, бул жарыс ФИФАның Леагуэ Девелопмент Программе (Лигаларды раўажландырыў бағдарламасы) шеңберинде шөлкемлестирилип, елимизде ҳаял-қызлар футболын раўажландырыўға қаратылған кең көлемли жойбардың әҳмийетли басқышларынан бири болып есапланады.
Чемпионаттың тийкарғы мақсетлери:
- Киши жастағы қызлар арасында футболға қызығыўшылықты арттырыў;
- Жаңа баслаған футболшы қызлар ушын турақлы ойын әмелиятын усыныў;
- Қәбилетли футболшы қызларды анықлап, оларды академияларға бағдарлаў;
- Қызлар футболы менен шуғылланып атырған тренерлер ҳәм мектеплерди қоллап-қуўатлаў;
- Саламат турмысты үгит-нәсиятлаў.
Чемпионат мәмлекетимиздиң барлық аймақларын қамтып алады. Жарыс 12 жасқа шекемги қызлар ушын мөлшерленген форматта - киши майданлар, ўақыт ҳәм әпиўайыластырылған қағыйдалар тийкарында өткериледи.