Бул сийрек ушырасатуғын ҳәм қурамалы хирургиялық әмелият Миллий медицина орайы тәрепинен әмелге асырылды. Бул инновациялық технология арқалы операция жоқары дәрежеде, минимал зыян ҳәм наўқастың денсаўлығына ең аз қәўип пенен орынланды. Робот мий тоқымаларынан анализ ушын зәрүр үлгилерди анық ҳәм қәўипсиз түрде алыў имканиятын берди.
Қәнигелердиң айтыўынша, енди "B Remebot" роботы жәрдеминде мий өсимтелерин анықлаў ҳәм алып таслаў, Эпилепция ҳәм Паркинсон кеселлигин емлеў, мий қан тамыр кеселликлери, жарақатлар ҳәм қурамалы диагнозларды анықлаў мүмкин болады.
Бул Өзбекстан нейрохирургиясы тараўында үлкен қәдем болып, наўқаслардың саламатлығын сақлаў бағдарында жаңа имканиятларды усынатуғынын атап өтиў керек.









