Атап өтилиўинше, жоқары мектептиң бакалавриат бағдарламасында билимлендириў процесслери Италияның абырайлы Пиза университети менен биргеликте алып барылады. Сабақ процесслери инглис тилинде, ең әҳмийетлиси билимлендириў тек ғана аудиторияда емес, ал ТМКның реал өндирис кәрханаларында болады.
Жоқары мектептиң және бир мақсети критикалық минераллар бағдарындағы магистратура бағдарламасы болып табылады. Қытайдың География илимлери университети менен биргеликте жолға қойылған бул жойбар халықаралық дәрежеде геология, излеў ҳәм разведка тараўларында қәнигелер таярлаўға қаратылған. Билимлендириўдиң екинши басқышында магистрлер Қытайда оқыўды даўам еттиреди. Оқыў процеси инглис тилинде алып барылады, нәтийжеде питкериўшилер еки мәмлекетлик дипломға ийе болады.
Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты тәрепинен бакалавр басқышы ушын 25 грант, магистратура басқышы ушын 10 грант ажыратылған. Жоқары мектепти питкергеннен кейин болса студентлер ТМК тәрепинен толық жумыс пенен тәмийинленеди.
Мағлыўмат ушын, усы жоқары мектептиң бакалавриат ҳәм магистратура бағдарларына қабыллаў усы жылдың 5-июнь сәнесинен 25-июнь сәнесине шекем даўам етеди.









