Атап өтилиўинше, келисимге муўапық, Бухара, Қашқадәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында Малайзияның ири компанияларынан бири - "Маркет Бой" менен биргеликте креветка жетистириў жойбары әмелге асырылады. Бул жойбар Малайзияның алдынғы технологиялары тийкарында жолға қойылып, республикамызда аквакултураның раўажланыўына хызмет етеди.
Атап өтиў керек, бул креветкалар Малайзияның халықаралық дәрежедеги ҳадал сертификаты менен тәмийинленеди. Бул болса жергиликли ҳәм сырт ел базарларына шығыў имканиятын арттырады. Ҳадал азық-аўқат өнимлерине болған талап жоқары екенин есапқа алсақ, бул жойбар Өзбекстанның экспорт потенциалын да кеңейтиўи мүмкин.