Өзбекстанда мәмлекетлик емес ЖООлардың жумысын лицензиялаўдың қосымша шәртлери белгиленди

    Билимлендириў 3 шілде 2025 2076

    Бул бойынша Министрлер Кабинетиниң "Республикада мәмлекетлик емес билимлендириў хызметлери сапасын арттырыўдың қосымша ис-илажлары ҳаққында"ғы 403-санлы қарары қабыл етилди.

    Оған бола, лицензиялаўдың қосымша шәртлери төмендегилерден ибарат.

    талабан тәрепинен шөлкемлестирилип атырған жоқары билимлендириў шөлкеминиң концепциясы усынылады;

    Концепцияда төмендегилер көрсетиледи:

    • билимлендириў шөлкеминиң аты;
    • статусы;
    • басқарыў системасы ҳәм кадрлары;
    • тийкарғы билимлендириў ҳәм илимий жумыс бағдарлары;
    • қабыллаў параметрлери;
    • билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў системасы ҳәм қураллары;
    • төлемли-контракт муғдары ҳәм оның есап-китабы;
    • билимлендириў шөлкемин раўажландырыў бойынша 5 жыллық стратегиялық режеси;
    • билимлендириў шөлкеми жумысына байланыслы басқа да әҳмийетли мәселелер.

    Талапкер тәрепинен мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў шөлкеминиң билимлендириў процеси менен тиккелей байланыслы болған материаллық-техникалық база, программалық тәмийнатты өз ишине алған дәслепки устав фонды (устав капиталын) 2 миллион АҚШ доллары эквивалентинен кем болмаған муғдарда қәлиплестиреди;

    • Кейин ала студентлер санының көбейип барыўына сәйкес түрде устав фонды арттырып барылады;
    • Талапкер тәрепинен 350 мың АҚШ доллары эквивалентиндеги қаржылар коммерциялық банклердеги депозитлерге резервке жайластырылады;
    • Шөлкемлестирилип атырған жоқары билимлендириў шөлкеминиң билимлендириў процесине мөлшерленген имарат ҳәм объектлериниң майданы 5 мың кв/метрден аз болмаўы керек. Бунда имарат университеттиң өз мүлки болыўы шәрт емес, кеминде 5 жыл мүддетке дүзилген ижара (бийпул пайдаланыў) шәртнамасы тийкарында жумыс баслаў да мүмкин;
    • Жоқары билимлендириў шөлкеми шөлкемлестирилген ўақыттан баслап дәслепки 5 жыл даўамында оның жыллық сап пайдасының кеминде 80 проценти, кейинги жылларда болса кеминде 50 проценти усы билимлендириў шөлкеминиң тийкарғы жумысын раўажландырыўға бағдарлайды.

    Бул қарар рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен соң күшке киреди.

    Қарар күшке киргенге шекем лицензия алған исбилерменлик субъектлери 2026-жыл 1-январьға шекем өз жумысын жаңа лицензия талаплары ҳәм шәртлери тийкарында шөлкемлестириўи керек.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates