Өзбекстанда өзине кредит ажыратылыўын қадаған етиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары қабыл етилди

    16 қаңтар 2025 281

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде кредит тараўындағы қатнасықларды буннан былай да жетилистириўге қаратылған нызам жойбары статьяма-статья көрип шығылды.

    Атап өтилиўинше, бул нызам жойбары менен "Кредит мәлимлемеси алмасыўы ҳаққында"ғы нызамға физикалық тәреплердиң олар менен кредит келисимлерин дүзиўге қадаған етиўди белгилеў ҳәм оны алып таслаўға болған ҳуқықларын, оларды Кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестрине киргизиўдиң тәртиби ҳәм шәртлерин, сондай-ақ, кредит мәлимлемеси пайдаланыўшыларының белгиленген қадағанлаўды бузған ҳалда кредит келисими дүзгенлиги ушын жуўапкершилик белгилеўин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

    Мәжилисте нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде жуўапкер комитет тәрепинен белгили жумыслар әмелге асырылғаны, соның ишинде, жойбардағы кредит бюроларына Орайлық банк тәрепинен қолланылатуғын илажлар ҳәм санкциялар, сондай-ақ, Орайлық банктиң кредит бюроларының жумысын тәртипке салыўға байланыслы ҳуқықый нормаларға редакциялық ҳәм анықластырыўшы дүзетиўлер киргизилмекте.

    Халық ўәкиллериниң пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи пуқаралардың атына олардың хабарысыз кредитлерди рәсмийлестириў ҳәм усынылған пул қаржыларын өзлестириў жағдайларының алдын алыў және кредит бюроларының жумысының ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге хызмет етеди.

    Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда қабыл етилди.


    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates