баннер
3 Mar 2025
03:00

    Өзбекстанда жасалма интеллектти раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар Алматада таныстырылды

    Алматы қаласында 31-январь күни “Digital Almaty 2025” халықаралық санлы форумының жалпы мәжилиси болып өтти.

    Мәжилисте Қазақстан Республикасының Бас министри О.Бектанов, Әзербайжан Республикасының Бас министри А.Асадов, Беларус Республикасының Бас министри Р.Головченко, Иран Ислам Республикасының биринши вице-президенти М.Ареф, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы - Президент Администрациясының Баслығы А.Касималиев, Россия Федерациясы ҳүкиметиниң баслығы М.Мишустин, Армения Республикасы Бас министриниң орынбасары М.Григорян ҳәм басқалар қатнасты.

    Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мәмлекетимизде санластырыўды жеделлестириў ҳәм социаллық-экономикалық тараўларға заманагөй технологияларды енгизиў, елимизди жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыўшы дүньяның жетекши мәмлекетлери қатарына кириўге ерисиў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында презентация етти.

    Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен мәмлекетимизде жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша 2030-жылға шекемги стратегия тастыйықланып, белгили мақсетли көрсеткишлер белгилеп берилгени атап өтилди.

    Атап айтқанда, жасалма санға тийкарланған программалық тәмийнатты ислеп шығыў ҳәм санлы хызметлер көрсетиў көлемин 1,5 миллиард долларға шекем арттырыў, бир қатар илимий лабораторияларды жаратыў, жоқары нәтийжели сервер инфраструктурасын қәлиплестириў сыяқлы көплеген тийкарғы ўазыйпалар мақсет етип алынған.

    Жалпы мәжилисте Стратегия шеңберинде жигирмадан аслам жойбар әмелге асырылғаны ҳәм экономиканың тийкарғы тармақларына жасалма интеллект технологиялары жедел енгизилип атырғаны нәтийжесинде бир қатар жетискенликлерге ерисилгени мәлим етилди.

    Соның ишинде, Ташкент метрополитенинде “Palm Pay” төлем системасы енгизилип, төлемлерди әмелге асырыўда жолаўшыларға қолайлық жаратылды, банклер ҳәм ири саўда комплекслеринде “My ID” ҳәм “UzFace” системасының жолға қойылғаны болса, қарыйдарларды идентификациялаўды тезлестириў ҳәм санлы алдаўшылық қәўипин азайтыў имканиятын берди, салық системасы ҳәм мәмлекетлик хызметлер порталында халыққа мәсләҳәтлер бериў ҳәм электрон хызмет алыўға жәрдем бериўши виртуал жәрдемшилер иске қосылды.

    Нәтийжеде, Өзбекстан 2024-жылы "Ҳүкиметтиң жасалма интеллектке таярлығы рейтингинде" 17-орынға көтерилди.

    Жалпы мәжилисте жасалма интеллектти раўажландырыў бойынша қабыл етилген Стратегиясына муўапық, Өзбекстанда санлы экономиканы жедел раўажландырыў, мәмлекетлик басқарыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм аўыл хожалығында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

    Онда, әсиресе, биринши гезекте, IT инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны билдирилди.

    Усы мақсетте, Өзбекстан жасалма интеллектти тәртипке салыў стандартларын ислеп шығыў, кадрлар таярлаў ҳәм зәрүр инфраструктураны жаратыў бойынша жетекши шөлкемлер ҳәм IT компаниялар менен халықаралық бирге ислесиўди жедел кеңейтпекте.

    Сондай-ақ, санластырыў ҳәм жасалма интеллекттиң әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, бул бағдарда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективалары ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысылды.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech