Саўда-санаат палатасы жанында Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди.

Бул баслама исбилермен ҳаял-қызлардың бизнесте белсене қатнасыўына жәрдемлесиў, олардың ҳуқықларын қорғаў және ҳуқықый, финанслық ҳәм әмелий жәрдем бериў мақсетинде әмелге асырылмақта.

Кеңес ҳаял исбилерменлердиң машқалаларын тиккелей парламентке жеткериў ўәкиллигине ийе болып, олардың бизнес басламаларын раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар жаратады.

Кеңес қурамында 27 ағза, соннан 21 и исбилермен ҳаял-қызлар. Олар тәрепинен:

2 639 жаңа жумыс орны жаратылған.

$7,6 млнлық экспорт әмелге асырылған

402,8 млрд сумлық товар айланысы әмелге асырылған.

Бул жаңалық мәмлекеттеги ҳаял исбилерменлер ушын үлкен имканият жаратады. Бизнес әлеминде өз орнын беккемлеўди қәлеген барлық ҳаял-қызлар ушын жаңа дәўир басланбақта!