"Дунё" МАның хабар бериўинше, "Казинформ" халықаралық мәлимлеме агентлигиниң мағлыўматына бола, Аўқамның Ташкенттеги ўәкилханасы региондағы бес мәмлекетке тән экологиялық машқалаларды ҳәр тәреплеме үйрениў менен шуғылланады.
Офис өз жумысы шеңберинде усы мәмлекетлердиң ҳүкиметлерине экологиялық ақыбетлердиң алдын алыў ҳәм сапластырыў бойынша усынысларды ислеп шығады, сондай-ақ, тийисли басламаларды қоллап-қуўатлайды.
- Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамының регионаллық ўәкилханасы тек ғана Өзбекстанда емес, ал Орайлық Азияның барлық бес мәмлекетинде экологиялық жойбарларды әмелге асырыўға жәрдемлеседи. Буннан тысқары, ол илимпазлар ҳәм изертлеўшилер арасында тәжирийбе алмасыў майданшасына айланады, - деди Өзбекстан экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министри Азиз Абдуҳакимов.
Халықаралық тәбиятты қорғаў аўқамы регионда бир қатар жойбарларды әмелге асырыўды режелестирмекте. Атап айтқанда, "Blue Peace Central Asia 2.0" бағдарламасы шеңберинде шөлкем суў дипломатиясын раўажландырыўға жәрдемлесиў ҳәм трансшегаралық суў бассейнлериниң экологиялық жағдайын жақсылаў ниетинде.