Өзбекстан ҳәм Гонконг арасында турақлы жолаўшы ҳәм жүк тасыў авиарейслериниң жолға қойылыўы режелестирилмекте. Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, усы жылдың 12-август күни Транспорт министриниң орынбасары Жасурбек Чориев Қытайдың арнаўлы ҳәкимшилик аймағы Гонконгта жайласқан JDB Group Limited компаниясы баслығының орынбасары Чан Ман Хин менен ушырасты.
Ушырасыўда тәреплер Гонконг ҳәм Өзбекстан арасында тиккелей рейслерди жолға қойыў ҳәм Өзбекстанда халықаралық авиация академиясын шөлкемлестириў бойынша пикир алысты.
Тәреплер логистика, туризм ҳәм исбилерменлик байланысларын раўажландырыўға хызмет ететуғын турақлы жолаўшы ҳәм жүк тасыў авиарейслерин жолға қойыў имканиятларын толық көрип шықты. Бул процессте тийкарғы бирге ислесиўши-оператор сыпатында Hong Kong Airlines авиакомпаниясы усыныс етилди.
Ушырасыўда додаланған және бир әҳмийетли мәселе Өзбекстан аймағында халықаралық авиация академиясын шөлкемлестириў басламасы болды. Академия халықаралық стандартлар (соның ишинде, FAA ҳәм IOSA) тийкарында ушыўшылар, техниклер, стюардессалар, жер үсти хызметкерлери ҳәм авиация менеджерлерин таярлайды.








