М.Мирзааҳмедов 1941-жыл 30-сентябрьде Ташкент қаласында зиялылар шаңарағында туўылды. Орта мектепти тамамлап, Ташкент театр ҳәм көркем өнер институты (ҳәзирги Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты) на оқыўға кирип, кино ҳәм театр актёры қәнигелигин алды.
Мийнет жолын Өзбекстан телерадиокомпаниясында режиссёр ассистенти сыпатында баслаған талантлы көркем өнер ғайраткери 60 жылдан аслам ўақыт даўамында "Ёшлар" редакциясында режиссёр ҳәм бас режиссёр, "Ўзбекистон" телеканалында жоқары категориялы режиссёр, "Оталар сўзи - ақлнинг кўзи" көрсетиўиниң авторы ҳәм басқарыўшысы сыпатында жемисли мийнет етти. Оның басшылығында әҳмийетли темаларда ҳәм түрли жанрларда терең мазмуны, миллий руўхы ҳәм халықшыллығы менен ажыралып туратуғын телекөрсетиўлер, радиоеситтириўлер ҳәм көркем видеофильмлер жаратылды. Олар миллионлап тамашагөйлердиң сүйиспеншилигине еристи. Әсиресе, ол сахналастырған "Бәҳәр қайтпайды", "Излеймен", "Қәлбиңе қулақ сал", "Пикирлесиў", "Үш тамыр", "Дүньяның ислери" сыяқлы телефильмлер өз дәўириниң әҳмийетли шығармаларына айланып, мәденият тарийхында айрықша из қалдырды.
М.Мирзааҳмедов кексе әўладтың данышпан ўәкили сыпатында көп жыллық кәсиплик тәжирийбеси менен орайлық телеканалларда 40 жылдан аслам ўақыт даўамында эфирге узатылып киятырған "Аталар сөзи - ақылдың көзи" көрсетиўине жаңаша руўх ҳәм мазмун бағышлады. Ол усы көрсетиўи арқалы жәмийеттиң итибарын әҳмийетли социаллық-руўхый мәселелерге қаратты, әсиресе, жаслар арасында шаңараққа, Ўатанға муҳаббат, ҳүрмет-иззет, әдеп-икрамлылық, мийрим-шәпәәт пазыйлетлерин тәрбиялаўға үлкен үлес қосты.
Пүткил өмирин дөретиўшилик излениўлер ҳәм халық ушын хызмет етиўге бағышлаған шын кеўилден мийнет еткен көркем өнер ғайраткери көплеген жас қәнигелерге устаз болып, өзиниң шеберлик мектебин жаратты.
М.Мирзааҳмедов елимиздиң мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ушын мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары - "Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери" ҳүрметли атағы, "Меҳнат шуҳрати" ҳәм "Дўстлик" орденлери менен сыйлықланған еди.
Белгили көркем өнер шебери, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан, жаслардың меҳрибан устазы Мираббос Мирзааҳмедовтың естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Нарбаева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, С.Турдиев.








