Мәмлекетимиз басшысы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдирип, жарақатланғанлардың тез арада саўалып кетиўин тиледи.
Шавкат Мирзиёев Уттар-Прадеш штатындағы даўыл ақыбетинде қурбан болғанлар мүнәсибети менен Ҳиндстан басшылығына кеўил билдирди
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасы Президенти Драупади Мурму ҳәм Бас министри Нарендра Модиға Уттар-Прадеш штатында жүз берген күшли жаўын-шашын ҳәм боран ақыбетинде көплеген инсанлар қурбан болғаны ҳәм жәбирленгени мүнәсибети менен кеўил билдирди.