Өзбекстаннан Аўғанстанға жоқары сапалы туқымлар жеткерип берилди

    12 мамыр 2025 441

    Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен Аўғанстан фермерлери ҳәм аграр структураларына бийғәрез жәрдем түринде аўыл хожалығы өнимлери жеткерип берилди.

    Жақында Аўғанстан Ислам Республикасы Аўыл хожалығы, ирригация ҳәм шарўашылық министри басшылығындағы рәсмий делегация Өзбекстанға келди.

    Мийманлар Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларындағы аграр кәрханалар, агрокластерлер ҳәм илимий-изертлеў орайларының жумысы менен жақыннан танысты. Олар аўыл хожалығын санластырыў, зүрәәтли туқымгершилик, заманагөй суўғарыў технологиялары ҳәм қайта ислеў санааты бағдарларында ерисилген жетискенликлер менен таныстырылды.

    Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен Аўғанстан фермерлери ҳәм аграр структураларына бийғәрез жәрдем түринде аўыл хожалығы өнимлери жеткерип берилди.

    Соның ишинде, ҳаўа-райы шараятларына шыдамлы, сертификатланған 5 тонна шигит (200 гектар жер майданы ушын), 20 тонна салы (100 гектар майдан ушын), 500 килограмм мәш (25 гектар ушын), сондай-ақ, 187 килограмм овощ туқымлары ҳәм 600 килограмм палыз егинлериниң сайлап алынған, жоқары сапалы туқымлары тапсырылды.

    Бул әмелий жәрдем Аўғанстанда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл халқының бәнтлигин тәмийинлеўди арттырыў ҳәм аграр тараўда инновацияларды енгизиўге хызмет етиўи күтилмекте.

    Өзбекстан - Аўғанстан арасындағы аграр бирге ислесиў бүгинги күнде регионаллық турақлылық ҳәм экономикалық раўажланыўға хызмет етпекте. Бул болса қоңсышылық принциплери ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға тийкарланған қатнасықлардың әмелий көриниси болып есапланады.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates