Өзбекстаннан Уллы Британияға қаўын экспорты жолға қойылды.
Атап айтқанда, усы жылдың июль айының биринши он күнлигинде Уллы Британияға "Uzbekistan Airways" авиакомпаниясының Ташкент-Лондон жөнелисиндеги авиақатнаўы арқалы 10 тонна қаўын жеткерип берилди. Өзбек қаўыны өзиниң бийтәкирар дәми менен британиялыларда үлкен қызығыўшылық оятпақта.
Буннан тысқары, быйылғы жылы собықлы өнимлер, кептирилген мийўелер ҳәм ғозалар, соның ишинде, жүзим, черешня, кишмиш, ноқат, мәш ҳәм ерик дәнеси экспорты жеделлести. Елимизде жетистирилип атырған мийўе-овошлар ҳәм қайта исленген өнимлер Британияның жетекши саўда тармақларында сатылмақта.
2025-жылдың дәслепки бес айы даўамында Өзбекстаннан Уллы Британияға аўыл хожалығы өнимлериниң экспорты еки есеге артқанын атап өтиў керек.
Бул тенденция Өзбекстанда агросанаат тараўына қаратылып атырған итибар, өним сапасының халықаралық талапларға жуўап бериўи ҳәм логистика бағдарларының жетилисип атырғанынан дәрек береди. Сол арқалы миллий өнимлеримиз жәҳән базарларында мүнәсип орын ийелеўди даўам еттирмекте.









