Өзбекстанға қарсы ойыннан кейин БАӘ сайланды командасынан еки футболшы шетлетилди ҳәм жәриймаға тартылды

    Спорт 9 маусым 2025 1498

    БАӘ футбол ассоциациясы оқыў-шынығыў жыйынында қолайсыз ҳәрекетлери ушын еки футболшыны сайланды командадан шетлетип, олардың ҳәр бирине 500 мың дирҳам (136 мың доллар) нан жәрийма салды, деп хабар береди MSN басылымы.

    Атап өтилиўинше, Султан Одил ҳәм Холид Иброҳим ЖЧ-2026 сайлап алыў басқышында миллий сайланды командадағы қолайсыз ҳәрекетлери ушын сайланды командадан шетлетилди ҳәм миллий турнирлердеги бес ойынға дисквалификацияланды.

    Сондай-ақ, 21 жаслы Султан Одил ("Шабаб Ал-Аҳли") ҳәм 28 жаслы Холид Иброҳим ("Шаржа") миллий турнирлерде 5 ойынға дисквалификацияланды. Футболшылар анық қайсы қағыйдаларды бузғаны ашып берилмеген.

    БАӘ сайланды командасы Азия конфедерациясында болып өтетуғын 2026-жылғы жәҳән чемпионаты сайлап алыўының үшинши басқышында топардағы дәслепки еки орыннан бирин ийелей алмады ҳәм сайлап алыўдың төртинши басқышында ойнайтуғын болды.

    Еслетип өтемиз, усы жылдың 5-июнь күни Өзбекстан Абу-Дабиде БАӘға қарсы ойында тең нәтийже көрсетип, тарийхта биринши мәрте жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates