Онда дүньяның ең күшли 100 жеңил атлетикашы ҳаял-қызларының қатарынан өзбекстанлы 4 спортшы ҳаял-қызларымыз орын алған.

Соның ишинде, бийикликке секириў бойынша Сафина Саъдуллаева рейтингтиң 12-орнын ийеледи, Азияда болса теңсиз деп табылды.

Тап усы бағдарда және бир ўатанласымыз Барнохон Сайфуллаева рейтингтиң 60-орнын ийеледи, Азияда болса 6-орында атап өтилген.

Үш атлап секириў бойынша Шарифа Давронова дүнья бойынша 19-орынды, Азияда болса 1-орынды ийелеп турыпты.

Ядро ылақтырыў бойынша болса Малика Насриддинова рейтингте 3 текше жоқарылап, 51-орынды, Азияда болса 8-орынды ийеледи.