Өзбекстанлы ҳаял Халықаралық қылышласыў федерациясының бас хаткери болды

    17 желтоқсан 2024 276

    Халықаралық қылышласыў федерациясы басшылығы Гулнора Тулкуновна Саидованы Халықаралық қылышласыў федерациясының Бас хаткери лаўазымына тайынлады.

    Бул ҳаққында Өзбекстан қылышласыў федерациясының мәлимлеме хызмети хабар берди.

    Бул әҳмийетли ўақыя Өзбекстан ушын да, жәҳән көлеминде де тарийхый әҳмийетке ийе болды, себеби Халықаралық қылышласыў федерациясы тарийхында биринши мәрте Бас хаткер лаўазымына ҳаял адам тайынланды.

    Ҳәзирги ўақытта Гулнара Саида Өзбекстан қылышласыў федерациясының бас хаткери, сондай-ақ, Азия қылышласыў Конфедерациясының атқарыўшы хаткери, Орайлық Азия қылышласыў Конфедерациясының президенти лаўазымларында жумыс алып барады.